Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги аймақлық бөлимлери жергиликли ҳәкимликлер структурасына өткерилип атырғаны  бойынша социаллық тармақларда тарқалып атырған хабарларға министрлик рәсмий мүнәсибет билдирди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика атқарыў ҳәкимият уйымлары ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў бойынша қосымща илажлары ҳаққында»ғы пәрманының жойбарында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң аймақлық бөлимлерин жергиликли ҳәкимликлер структурасына өткериў атап өтилген.

Бул ҳүжжет жойбарын тийисли министрлик ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен келисиў ушын Әдиллик министрлиги тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасы – project.gov.uz ға жайластырылған.

Бул нормативлик-ҳүжжет ҳәзирги күнде жойбар болып, рәсмий күшке ийе емес. Ҳәзирги ўақытта Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен пәрман жойбарындағы тийисли бәнтлер бойынша келиспеўшиликлер билдирилип, Әдиллик министрлиги менен сөйлесиўлер өткерилген.

Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң аймақлық бөлимлериниң жергиликли ҳәкимликлер структурасына өткерилип атырғаны бойынша тараў хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қәўетерлениўине орын жоқ екенлигин мәлим етемиз, делинеди мүнәсибетте.

ӨзА