Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының профилактика инспекторы А.Дуйсенов, Жаслар аўқамының жетекшиси З.Махсетбаевлар филиал студент-жасларынан дүзилген «Қалқан» топары ағзалары менен биргеликте ишки ислер министрлигиндеги музейге саяхат етти.

Ол жерде напақадағы полковник Орынбай Турдақов,  министрликтиң руўхый-ағартыўшылық ислер ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў басқармасының бөлим баслығы Өмирбай Ҳасановлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында ишки ислер уйымлары тәрепинен халықтың тынышлығын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, ерлиги, мәртлиги ҳәм пидайылығы менен көпке үлги болған тараў пидайылары айрықша атап өтилип, музей тарийхы туўралы мағлыўматлар берилди.



Жаслар бул жерде көп жыллардан берли музейде сақланып киятырған ҳәр  қыйлы экспонатлар менен танысты. Ески қурал-жарақлар ҳәм олардың тарийхы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

Илаж даўамында студент-жаслар китапхана фондынан орын алған әдебиятлар менен танысып, пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги