Усы жыл 14-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымлары мәлимлеме хызметиниң жумысларын жетилистириўге арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен 2022-жылы мүрәжатлар менен ислесиў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды тыңлаў, оларды сапластырыў бойынша Халық мүрәжаты платформасы өз жумысын баслады ҳәм бүгинги күнде тиккелей байланыс арқалы мәселелер шешимин таппақта.

Сонғы ўақытлары мүрәжатларды унамлы шешиў бойынша айырым басқарыў уйымларының көрсеткишлери төменлеп кеткен жағдайлары ушыраспақта. Халық мүрәжаты платформасына келип түскен мүрәжатлардағы мәселелер таллап көрилгенде, тийкарынан турақ-жай, бәнтлик ҳәм материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар айырым қала ҳәм районларда кескин көбейип атырғанлығы анықланды.


Бул мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежеси қала ҳәм район ҳәкимликлери кесиминде қарап шығылғанда, айырым орынларда талапқа жуўап бермейтуғын жағдайлар ушыраспақта. Елликқала, Шоманай, Беруний, Нөкис районларында мүрәжатлардың унамлы шешилиўи төмен дәрежеде. Соның менен бирге, мәжилисте айырым мүрәжатлардың көрип шығыў мүддетлериниң бузылыўы, жуўаплы хызметкерлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларына немқурайдылық пенен қараўы, айырым жағдайларда билим дәрежеси жетерли болмағанлығы себепли қайта мүрәжат етиў жағдайлары ушырасып атырғанлығы атап өтилди.

Мәжилисте сектор басшылары тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлардың нәтийжелилиги, айырым сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилмегенлиги, соның менен бирге, исбилерменлердиң мүрәжатларына шешим табыўдың қанаатландырарсыз түрде алып барылып атырғанлығы сынға алынды. Күн тәртибиндеги кейинги мәселе, жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети жумысларының нәтийжелилигине арналды.



Бүгинги күнде дерлик барлық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының веб-сайтлары ескирген ҳәм оларда жәмийетшилик ушын әҳмийетсиз мағлыўматлар орын алмақта. Усы күнге шекем 10 мәмлекетлик уйымның веб-сайтлары жолға қойылмаған. 11 министрликтиң өз сайтында ашық мағлыўматлар ҳәм өз жумысларына байланыслы мәлимлемелер жарытылмаған, жаңалықлар турақлы берилип барылмай атыр.

Бир катар жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының рәсмий веб-сайтлары киберқәўипсизлик талапларына жуўап бермейди ҳәм көзи әззилер ушын қолайлық жаратылмаған. Сайтларға қойылып атырған мағлыўматлар басқа дәреклерден тек ғана көширип жәрияланып, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмуны, орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, пуқаралар мүрәжатларының шешими кең түрде сәўлелендирилмей атыр.



Мәжилисте өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды өз ўақтында халқымызға жеткермей, өз ўазыйпасын талап дәрежесинде орынламағаны, Медиа-режедеги тапсырмалардың орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлери, социаллық тармақларда билдирилип атырған сын пикирлерге рәсмий мағлыўмат бериўдеги немқурайдылығы ушын   бир қатар мәлимлеме хызмети баслықларына интизамый жаза шарасын қолланыў бойынша тапсырмалар берилди.






Мәжилис жуўмағында жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының халық арасында жақыннан мүнәсибет орнатылыўын тәмийинлеў,  халыққа исенимли қалыс мағлыўматларды өз ўақтында жеткерип барыў ҳәм басқа да әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.



Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги