30-январь, Ташкент қаласы. Әдеттегидей, Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине кең жәмийетшилик жыйналды.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жерге келип, Ислам Кәримовтың естелигине гүлшеңбер қойды.


Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, зыялылар да Биринши Президентимиздиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Ел пидайыларын умытпаў, жақсы ислерин еслеў ҳәм қәдирлеў миллеттиң миллет екенлигин көрсететуғын тәрепи. Бул кейинги әўладлар ушын ҳәм ибрат, ҳәм пазыйлет.


Мәресимде мине, усындай ҳүрмет көзге тасланды. Қуран оқылып, пәтия етилди. Биринши Президентимиздиң мәмлекетимиздиң мәпи жолындағы тарийхый ҳәм уллы ислери еске алынды.

Мәмлекетимиз басшысы комплексте Ислам Кәримов музейин шөлкемлестириў жумысларының барысы менен танысты.

Ислам Кәримовтың Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүллер қойылды.





ӨзА