Исбилерменлердиң қаржы хызметлеринен пайдаланыў имканияты кеңейеди

Олий Мажлис Сенатының төртинши жалпы мәжилисинде «Исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы Эркин Гадоев исбилерменлик субъектлерин қаржыландырыўдың жаңаша ҳәм қолайлы қуралларын ислеп шығыў, әсиресе, исбилерменлик субъектлерине кепилликли түрде жәрдем көрсетиў тараўын кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул нызам усы мақсетке қаратылған болып, онда банк кредитлерине қолайлы болған ақша талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нормалар белгиленбекте.

Нызамға бола, факторинг объекти сыпатында юридикалық тәрепке ямаса исбилерменлик субъектине келип шығатуғын пул талапнамасын белгилеў, пул талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў бойынша қадаған етиўди бузғаны ушын жуўапкершиликти бийкарлаў ҳәм қарыйдардың контрагенти резидент емес болғанда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға руқсат бериледи.
Факторингте қарыздардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мақсетинде қаржы агенти тәрепинен төлем әмелге асырылатуғын мәмлекет ҳәм валюта түриниң өзгертилиўине жол қоймаўы, сондай-ақ, факторингте көзбояўшылық жағдайларының алдын алыў ушын пул талапнамасынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнамаларларды гиреў реестринде дизимге алыўды жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Бул ҳүжжет пенен исбилерменлик субъектлерине кредит шөлкеми алдындағы пул миннетлемесин орынлаў бойынша кепилликлер бериў жумысын профессионал тийкарда әмелге асырыўшы, сондай-ақ, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да хызметлер көрсетиўши кепилликлер бериў шөлкеми ҳәм факторинг хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен факторинг шөлкеминиң институтлары енгизилмекте.
Ендигиден былай нызамға тийкарланып устав фондының ең аз муғдары кепилликлер бериў шөлкеми ушын 100 миллиард сум, факторинг шөлкемлери ушын болса 2 миллиард сум етип белгиленбекте. Бул шөлкемлер Орайлық банкте есап дизиминен өткериледи, олардың жумысы Орайлық банк тәрепинен тәртипке салынады ҳәм қадағаланады.
Нызамда банк емес кредит шөлкемлериниң жумысына қойылған айырым шеклеўлерди жумсартыў ҳәм жетилистириў нәзерде тутылып, олар акционерлик жәмийети ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлиги, олардың устав фондындағы үлестиң 10 проценттен 20 процентке шекемги бөлегин тиккелей ямаса жанапай алғанда Орайлық банкти хабардар етиў, 20 ҳәм оннан артық процентин алғанда болса Орайлық банктиң дәслепки руқсатнамасын алыўы шәрт екенлиги белгиленбекте.

Сенатор Жамила Бобаназарованың атап өтиўинше, факторинг хызметиниң өзине тән өзгешелигине итибар қаратылса, факторингте қарыйдар емес, ал сатып алыўшының төлемге қәбилети баҳаланыўы, сондай-ақ, пул талапнамасының тиккелей кредит шөлкеминиң ийелигине өтиўи себепли факторингтен унамсыз кредит тарийхына ийе болған ямаса гиреўге қойыўға мүлки болмаған исбилерменлик субъектлери де пайдаланыўы мүмкин болады. Бул өз гезегинде, ҳәзирги ўақытта банк кредитлеринен пайдаланыў имканиятына ийе болмаған мыңлаған исбилерменлик субъектлерин қаржы хызметлери менен қамтып алыў имканиятын береди.
Сенатор Покиза Аҳмаджонованың пикиринше, қаржы базарында тек ғана факторинг жумысы менен шуғылланыўшы айрықша қаржы институтының жоқ екенлиги исбилерменлер ҳәм инвесторлар тәрепинен факторинг базарына қайсыдыр дәрежеде инвестиция киргизилмей атырғанына себеп болмақта. Бул болса, факторингти қаржыландырыўдың қолайлы инструменти сыпатында ғалабалық ен жайыўына ҳәм раўажланыўына тосқынлық етпекте. Нызамның қабыл етилиўи факторинг операцияларының ғалаба ен жайыўы ҳәм раўажланыўына жол ашады.
Сенаторлар мақуллаған нызам исбилерменлик субъектлериниң қаржы хызметлеринен пайдаланыў имканиятларының кеңейиўи, бизнести қоллап-қуўатлаў хызметлери түрлериниң артыўы, исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыўдың жаңа бағдарлары жаратылыўына хызмет етеди.
Н.Абдураимова,
Н .Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА