Көргизбели семинар болып өтти

243

Қыс мәўсиминде бағ ҳәм жүзимзарлықларда өткерилетуғын агротехникалық илажлар оғада әҳмийети.

Жерге өз ўақтында итибар бериў, оның ҳәр бир жеринен үнемли пайдаланыў фермер ҳәм дийқанларымыздың алдына қойған ең тийкарғы мақсетлеринен бири.

Бәҳәр мәўсимине жақын мийўели тереклерди қайта ислеў, олардағы замарық кеселликлерине қарсы гүресиў бойынша тәжирийбели бағманлар барлық түрдеги илажларды қолланады.

Беруний районы Саркоп АПЖ аймағындағы «Бабашов Дәўлетбай» бағшылық фермер хожалығында усы бағдарда көргизбели семинар болып өтти, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Семинар даўамында бағ ҳәм жүзимзарлықларда қысқы агротехникалық илажларды әмелге асырыў, мәўсим алдынан әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм мийўели тереклерге форма бериў бойынша агрономлар тәрепинен усыныслар берилди.

Мағлыўмат ушын, районда 535 гектар мийўели бағлар, 89 гектар жүзим атызлары болып, оннан 398 гектары зүрәәтли мийўели бағлар ҳәм 137 гектары жас бағлар. Жүзим атызларының 67 гектары өнимге кирген, 22 гектары жас жүзим атызлары болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги