Филиалдыӊ илимий потенциалы артып бармақта

«Өз алдына уллы мақсетлер қойған халық тек саламат ҳәм күшли болған жағдайда ғана гөзлеген шеклерине ерисе алады. Ел-халықтың саламат болыўы, үлкен жумыслар ислей алыўында болса, әлбетте, денетәрбия ҳәм спорттың әҳмийети теңсиз»,-деген еди елимиз Президенти Ш.Мирзиёев 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде.
Ҳақыйқатында да, бүгин мәмлекетимиз дүньяға ашық, социаллық ҳәм экономикалық раўажланған мәмлекет – Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша өз алдымызға үлкен мақсетлер қоймақта.
Ҳәр бир инсан, ҳәр бир ата-ананың әрманы ҳәм нийети физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал әўладты тәрбиялаў болып есапланады. Оған болса денетәрбия ҳәм спортсыз ерисип болмайды.
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында филиалдыӊ илимий потенциалын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, көрсеткишлер бойынша ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында баспасөз брифинги болып өтти.
Брифингте Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директорының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары Исламбек Мамбетназаров 2023-2024-оқыў жылында сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен халықаралық бирге ислесиўлер бойынша дүзилген шәртнамалар, илимий жойбарлар, жергиликли, халықаралық грантлар ҳәм инвестициялар, профессор-оқытыўшылардыӊ илимий бағдарда алып барып атырған жумыслары ҳаққында журналистлерге кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

-Филиалдыӊ илимий потенциалы алдынғы жыллары 22 процентти қураған болса, бул көрсеткиш бүгинги күнге келип 30 процентке жетти,-дейди И.Мамбетназаров- Бул әлбетте, профессор-оқытыўшылармыздыӊ илим жолында ислеп атырған илимий иззертлеў жумысларының жемиси болып есапланады.
Филиалда халықаралық бирге ислесиў байланыслары шеңберинде, Қазақстан, Қырғызстан, Беларусь, Башқуртстан, Венгрия Республикаларының жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы меморандумға қол қойылып, усы шәртнамалар тийкарында көплеген илажлар өткерилди. Мысалы, 17-январь күни ТОП-1000 лыққа кирген М.Әўезов атындағы Қубла Қазақстан изертлеў университетиниң оқытыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Айнура Жийенбекова «Мәденият ҳәм жәмийеттеги руўхый байланыслар тараўындағы искерликтиң орны» темасында онлайн-семинар өткерген болса, 2024-жылы 27-29-март күнлери Беларусь Республикасы Я.Купала атындағы Гродно мәмлекетлик университетиниң профессоры Авак Михайлович Вартанян ҳәм ТОП-1000 лыққа кирген Абай атындағы Қазақстан миллий педагогикалық университети профессоры Шамурат Оразов, сондай-ақ, 8-10-май күнлери Полесь мәмлекетлик университетиниң доценти Виталий Владимирович Маринич филиалымыздың «Жеке гүрес ҳәм тәбийғый пәнлер» ҳәм «Денетәрбиясы ҳәм гуманитар пәнлер» кафедраларында саатлық тийкарда сабақлар ҳәм семинар-тренинглер өткерди.
Сондай-ақ, 2024-жылдың 28-ноябрь күни ТОП-1000 лыққа кирген Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия миллий университети доценти Улбосын Марчибаева «Қазақстан ҳәм Өзбекстанның миллий спорт түрлери: бағдарламалары ҳәм заманагөйлиги» темасында семинар шөлкемлестирилди.
Усылар менен бир қатарда, филиалда илимий ҳәм илимий-техникалық илажлардың нәтийжелерин жәриялап барыў, филиалдың илимий потенциалын жоқарылатыў ушын көплеген илажлар өткерилген. Атап айтқанда, 2024-жылы филиалда 1 халықаралық ҳәм 3 республикалық илимий конференция шөлкемлестирилип, оларға 2700 ден аслам қәниге қатнасқан. Соның ишинде айтып өтетуғын болсақ, 17-18-апрель күнлери «Теория ҳәм әмелияттағы актуаль мәселелер» темасында республикалық конференция, 16-17-май күнлери «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында жетик қәнигелер таярлаўда спорт психологиясы ҳәм педагогикасы ҳәм де инновациялық билимлендириў технологияларының әҳмийети» темасындағы халықаралық конференция ҳәм 5-6-ноябрь күнлери «Жас әўладтың тәрбиясында миллий спорт ойынларының әҳмийети: мәселе ҳәм шешимлери» темасында республикалық конференциялар, 6-декабрь күни «Спорт ойынлары түрлери, теориясы ҳәм әмелиятындағы әҳмийетли мәселелер» темасында республикалық конференциялар өткерилди.
-Өткерилген әнжуманларға республикадағы жоқары оқыў орынлары ҳәм сырт еллерден Германия, Монголия, Ҳиндстан, Қазақстан, Беларусь мәмлекетлеринен көплеген илимпазлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм филиалдың педагог хызметкерлери, студентлер қатнасты. Бундай конференциялар оқыў процесин илимий қатнас жасаў тийкарында шөлкемлестириўге жәрдем береди,-дейди филиал оқытыўшысы, педагогика илимлериниң докторы Дәрменбай Нурышов.
Брифингте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы