Диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленеди

350

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде «Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў  ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Мәжилисте Концепция менен диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары,  принциплери, тийкарғы бағдарлары ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери  белгиленип атырғаны атап өтилди.

Концепцияның қабыл етилиўи ҳәм тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўы мәмлекетте диний кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты  тәмийинлеўге тийкарланған қатнасықлар моделин раўажландырыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары жетилистирилиўине, жәмийетте татыўлық, социаллық аўызбиршилик орталығы беккемлениўине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, комитетте жергиликли кеңеслердиң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик  мәселелери бойынша турақлы комиссия ағзалары ҳәм секретарият баслықлары ушын «Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң 2023-жылдағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын  баҳалаў бойынша «Ашықлық индекси» мағлыўматларын таллаў» темасында семинар өткерилди.

Онда Сенат жумысында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына  жәрдем бериўге айрықша итибар берип атырғаны, буннан гөзленген  мақсет жергиликли кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар бул семинар  аймақларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашықлығын ҳәм есап-бериўшилигин тәмиийнлеўде жергиликли кеңеслердиң ролин арттырыўға, қалаберди, Сенат тәрепинен жергиликли кеңеслерге методикалық жәрдемди системалы шөлкемлестириўге, келешекте  усы бағдардағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА