Өзбекстанда ESG рейтингин биринши болып «Өзхимиясанаат» АЖ қолға киргизди

280

«Өзхимиясанаат» АЖ халықаралық абырайға ийе “S&P Global” агентлигиниң ESG (экологиялық, социаллық ҳәм басқарыў) рейтингин алған биринши өзбек компаниясына айланды.

“S&P Global” таллаўларына бола, компанияның ESG көрсеткиши 29 баллға тең болды. Агентлик «Өзхимиясанаат» АЖның бизнестеги әдеп- икрамлылығы, ашық-айдынлығы, корпоративлик  басқарыўы ҳәм мийнет қәўипсизлиги ҳәм хызметкерлердиң саламатлығын қорғаў бағдарларындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалаған.

Бул рейтинг компанияның турақлы раўажланыў ҳәм социаллық жуўапкершилик принциплерине садық екенин тастыйықлайды. ESG рейтинги  халықаралық бирге ислесиўшилер ҳәм инвесторлардың исенимин беккемлеў менен бирге, турақлы инвестицияларды тартыў, «жасыл» жойбарларды қаржыландырыў ҳәм сырт ел базарларына шығыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

«Өзхимиясанаат»  АЖ мәлимлеме хызметине бола, жақында бул шөлкем “Fitch Ratings”ның  BB – халықаралық рейтингине де ийе болған еди. Компания ESG  бағдарындағы реформаларды даўам еттирип, турақлы раўажалныўға  бағдарланған жумысын және де күшейтиўди режелестирмекте.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА