Сенат: пуқаралардың хабарысыз кредит рәсмийлестирилиўине жол қойылмайды

Сенаттың төртинши жалпы мәжилисинде «Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде халықтың қаржы хызметлеринен пайдаланыўын жеңиллестириў, банк хызметлери көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў, кредитлер бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Онлайн кредитлер алыў имканиятының кеңейгени халыққа үлкен қолайлық жаратты. Соның менен бирге, пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредитлерди рәсмийлестириў ҳәм берилген қаржыларды алдаўшылық усылларын қолланған ҳалда өзлестириў жағдайлары өсип бармақта. Бул болса, пуқаралардың кредитлеў тараўындағы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин жетилистириўди талап етпекте.
Мағлыўматларға қарағанда, 2023-жылда киберқәўипсизлик бағдарында 6 мың 455 жынаят жүз берген болып, олардың 76 проценти (4 мың 923) пуқаралардың банк пластик карталарындағы пулларды қолға киргизиў менен байланыслы болған.
Сондай-ақ, 2024-жыл даўамында киберқәўипсизлик бағдарында (банк картасы менен байланыслы жағдайлар бойынша) пуқаралар тәрепинен 57 мың 480 мүрәжат жолланған болып, соннан 36 мың 444и урлық ҳәм 21 мың 36 сы алдаўшылық жынаяты менен байланыслы.
Нызамда пуқараның кредит келисими дүзиўи қадаған етилген шахслар реестринде бар екенлиги ямаса жоқ екенлиги, қадаған етиў (қадаған етиўди бийкарлаў) ҳаққындағы арзаның жағдайы ҳаққында мәлимлеме алыў ҳәм бериўде кредит бюроларына ҳуқық ҳәм миннетлемелер, оларға қолланылатуғын илажлар ҳәм санкциялар да сәўлелендирилмекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам пуқаралар қатнасыўысыз ямаса хабарысыз кредит келисимин рәсмийлестириў менен байланыслы алдаўшылық жағдайларының алдын алыў мақсетинде кредит бюросына арза киргизиў арқалы пуқара менен кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў имканиятын береди.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА