«Uzagrostar xolding» компаниясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди

Қарарға бола, «Uzagrostar xolding» компаниясы жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризинде шөлкемлестириледи.
Сыртқы ҳәм ишки базарларда талап жоқары болған аўыл хожалығы өнимлери кесиминде базалық ҳәм қамтып алынатуғын районларды белгилеў ҳәм бул аймақлардағы мәҳәллелерде өним жетистириўдиң қәнигелесиўин тереңлестириў бойынша Холдинг компания менен биргеликте қәнигелескен компаниялар шөлкемлестириледи.
Онда базалық районлар қәнигелескен компаниялардың тийкарғы жумысы ушын орай болып есапланады.
Халықтың қыйтақ жерлеринде ҳәм дийқан хожалығы жер майданларында өним жетистириў бойынша қәнигелесиўди хошаметлеў мақсетинде төмендеги қаржылай қоллап-қуўатлаў инструментлери енгизиледи:
– жүзим қәлемшесин шпалерге өткериўге ҳәр бир шпалерге 15 мың сумға шекем субсидия бериледи;
– қыйтақ жердеги бағларды жаңалаўға «in-vitro» нәл сатып алыў қәрежетиниң 50 проценти қаплап бериледи;
– 2025-жылы мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм оларды сатып алыўға ажыратылатуғын жеңилликли кредитлерге 1 триллион сум қаратылады.
Қарарға бола, 2025-жыл 1-мартқа шекем «Uzex Agro» электрон саўда платформасында халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықлары жер майданларында жетистирилген өнимлерди тиккелей сыртқы базарларға сатыў имканияты жаратылады.
2025-жылы Асака, Китап, Бахмал, Хатирчи ҳәм Ферғана районларында, 2026-жылы болса аўыл хожалығына қәнигелескен және кеминде 5 районда киши логистика орайлары, соның ишинде, сыйымлылығы 100 тоннадан аз болмаған музлатқышлы сыйымлылықлар, туқым, нәл, химиялық қураллар ҳәм минерал төгинлерди тарқатыў орайлары қурылады.
Қыйтақ жер ҳәм узақ мүддетли ижараға берилген жер майданлары ийелерине онлайн мәсләҳәт ҳәм мағлыўмат алыў, қаржы хызметлерин пайдаланыў ҳәм өнимлерди сатыў бойынша бирден-бир хызмет көрсетиў ҳәм мониторинг етиў платформасы иске түсириледи.
Платформада дийқанларға жетистиретуғын өнимниң 70 процентине шекем муғдарда жеңилликли онлайн кредит ажыратыў системасы иске түсириледи.
ӨзА