Шерек финалдағы қарсыласымыз анық болды

257

Футбол бойынша U-20 сайланды командалары арасында өткерилип атырған Азия чемпионатына қатнасып атырған Фарҳод Нишанов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы 3-турда Иран сайланды командасы менен ойнап, қарсыласларына 2:1 есабында жеңилип қалды.

Ушырасыўдың 52-минутында Юсеф Марзаеҳ ҳәм 66-минутында Исмаил Голизода тәрепинен сайланды командамыз дәрўазасына урылған голларға, 80-минутта Муҳаммадали Ўринбоев жуўап қайтарыўға еристи.

Енди командамыз ағзалары 23-февраль күни мәмлекетимиз  ўақты менен 16:30 да шерек финал ойынлары шеңберинде «Д» топарының жетекшиси Қубла Корея сайланды командасына қарсы ойынға түседи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы