Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиң ўазыйпамыз!

Бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби – коррупцияға қарсы профилактикалық илажлар күни ретинде белгиленген. Миллеттиң раўажланыўына үлкен тосқынлық етиўши усы иллетке қарсы гүресиў, оны тамыры менен жоқ етиўге жәмийетимиздиң ҳәр бир ағзасы бирдей жуўапкер.
Сонлықтан да, “Даўыт ата” шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетланип атырған жүк автотранспорт қуралларының айдаўшылары арасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсиятлаў илажлары алып барылды.

Илажда бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиў, ҳеш қандай жағдайда да бажыханашыға “пара” усыныс етпеў, соның менен бирге, система хызметкерлериниң дәмегөйлиги, лаўазымынан пайдаланыўы ямаса ақша талап етиўи жағдайларына дус келинсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиўи соралды.
Коррупция миллет тамырына, оның гүллениўине балта урыўшы иллет екенлиги бойынша мағлыўматлар берилген флаер ҳәм буклетлер тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги