Өзбекстан-Испания: Бирге ислесиў байланысларының ҳәзирги жағдайы талланды

Аўыл хожалығы министрлигинде министрлик жуўапкерлери ҳәм Испанияның Өзбекстандағы елшиси Рикардо Мартинез Васкес арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, жаңа жойбарларды қолланыў ҳәм аўыл хожалығы тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, импорт-экспорт көлемин арттырыў, студентлер алмасыўы, аграр исбилерменлер арасында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар талланды.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы қәнигелерин оқытыў, семинар-тренинглер шөлкемлестириў ҳәм тараў бойынша инновациялық қатнасларды енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, аўыл хожалығы көргизбелерин шөлкемлестириў ҳәм оларға Өзбекстан ҳәм Испания исбилермен топарларын тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў соңында бирге ислесиўди жеделлестириўге, додаланған жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги илажлар режесин ислеп шығыўға келисилди.
М,Тошқораева, ӨзА