Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының шөлкемлестириўинде жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға өз мақсетлерине ерисиўи ушын түртки бериў, өмирде өз жолын табыўында ҳәр тараўдың ең тәжирийбели қәнигелери менен «Жетискенликке ерисиў сырлары» атамасында ушырасыўлар өткерилиўи дәстүрге айланған.
Мине, усындай ушырасыўдың бири ҳәзирги күнде Қытай мәмлекетинде өз жумысын алып барып атырған исбилермен, блогер, йога-тренер нөкисли Гүлжәҳән Қалмуратова менен Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында болып өтти.
Г.Қалмуратова 1985-жылы Нөкис қаласында туўылған. Ташкент мәмлекетлик Шығыстаныў университетинде билим алған. Оқыў даўамында грант жеңимпазы болып, магистратура басқышын Қытай мәмлекетинде даўам еткен. Ҳәзирги ўақытта Қытай мәмлекетинде өзиниң исбилерменлигин жолға қойған болып, халықаралық саўда менен шуғылланып келмекте.
Ушырасыў даўамында қаҳарманымыз өзиниң басып өткен жоллары, Қытай мәмлекетиндеги оқыў, кыйыншылықлар ҳәм қызықлы ўақыялар ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери