Президентимиздиң «2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық республикамыз бойлап бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Беруний районы Қаңшартол мәҳәллесинде усы қарардың орынланыўына, мазмун-мәнисин түсиндириўге бағышланған ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда районның үгит-нәсият топары ағзалары қатнасты, – дейди район мәлимлеме хызмети бөлими.

Онда жаслар арасында жынаятшылық ҳәм түрли ҳуқықбузарлықлардың әмелге асырылыўының алдын алыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, нәшебентлик ҳәм миссионерликтиң алдын алыўда «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен» ҳәрекет етиў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Соның менен бирге, мәнаўиятымызға жат болған идеяларға қарсы гүресиў, дин нықабындағы экстремизм – жаслардың келешеги ушын қәўип, репродуктивлик саламатлық ҳәм бийқәтер аналық, аналар ҳәм балалар өлиминиң алдын алыў темаларында пикирлер билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги