Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Ректор кубоги» ушын «Дебат» интеллектуаллық ойынының финал басқышы болып өтти.

Илаж жаслардың китапқумарлық мәдениятын ҳәм ораторлық шеберлигин арттырыў, логикалық-социаллық ойлаў, пикирлерин еркин жеткерип бериў дәрежесин раўажландырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген.

Онда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов шығып сөйлеп, жаслар арасында интеллектуаллық ойынларды ғалаба ен жайдырыўдың әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм барлық қатнасыўшыларға табыслар тиледи, – дейди НМПИ баспасөз хызмети хаткери И.Мәтеков.

«Социаллық тармақлардың жаслар санасына тәсири» бойынша позицияларын, өзлериниң билим ҳәм көнликпелери, топлаған мағлыўматлары ҳәм ораторлық шеберликлерин көрсетти.

Ойынның финал басқышысы оғада қызғын түрде өтти. Онда Баслаўыш тәлим факультетиниң «Примарй» командасы «Ректор кубоги»ниң жеңимпазы болды.

2-орынды Тарийх факультетиниң «Туран», 3-орынды Дене мәденияты факультетиниң «Империя» командасы жеңип алды.


Жеңимпаз командалардың ағзаларына дипломлар, институт кәсиплик аўқамы комитети атынан баҳалы саўғалар, сондай-ақ, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен китаплар саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги