Көзи әззи (I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, майыплығы болған балалар) шахсларға мөлшерленген шет тили имтиханлары ушын тек ғана усы категорияға кириўши талабанлар дизимнен өтиўи мүмкин. Көзи әззи (I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, майыплығы болған балалар) талабанлар ушын шет тилин билиў дәрежесин анықлаў тест сынақлары бир басқышта компьютерде өткериледи.
Шет тили имтиханы (көзи әззилер) ушын руқсатнамалар берилди. Талабанлар ушын шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша тест сынақлары 2025-жыл 14-февраль күни болып өтеди. Қатнасыўшылар имтихан болып өтетуғын орынды ҳәм анық ўақытын my.gov.uz сайтының «Мениң арзаларым» бөлиминен билиўи ҳәм руқсатнаманы жүклеп алыўы мүмкин. Талабанлардан тест сынағына белгиленген ўақыттан кеминде 30 минут алдын шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт яки ID -карта ) менен келиўи соралады.
Сондай-ақ, Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша бөлып өтетуғын гезектеги имтиханның жазба бөлими усы жыл 15-16-февраль күнлери, сөйлеў көнликпесин баҳалаў имтиханлары 17-февральдан 11-мартқа шекем болып өтеди.
ӨзА