Мәмлекетимиздиң Қазақстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Ибрагимов қоңсылас мәмлекеттиң Халық банки басқармасының баслығы Умит Шаяхметова менен ушырасыў өткерди. Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары додаланды.

Қазақстан Халық банкиниң басқарма баслығы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалады. Республикамыздың ири инвестициялық жойбарларында белсене қатнасыўға таяр екенин, бул режелерди әмелге асырыўға қосымша ресурсларды тартыўдан мәпдар екенин атап өтти. Сондай-ақ, усы жылдың июнь айында болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестициялық форумы Сырт елли инвесторлар кеңесиниң жалпы мәжилисине қатнасыў тилегин билдирди.

Тәреплер елимизге қазақ инвесторларын тартыў, еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасыўында дөгерек сәўбетин шөлкемлестириў имканиятын да көрип шықты.

Бул еки мәмлекеттиң экономикалық байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Азиза Алимова,

ӨзАның хабаршысы