АҚШ Президенти Дональд Трамп сайланғаннан берли биринши мәрте россиялы кәсиплеси Владимир Путин менен Саудия Арабстанында ушырасып, Украина мәселесин додалайды, деп жазды «Politico» басылымы.
Бул ҳаққында еки жетекшиниң телефон арқалы дерлик 90 минутқа созылған сәўбетинен соң мәлим етилди.
– Ақыры ушырасамыз, – деди Америка басшысы. – Сөйлесиў сәнеси белгиленбеди, тек ғана тез арада болып өтиўи анық.
Оғада әҳмийетли бул сөйлесиўге Саудия Арабстанының мийраскер шаҳзадасы Муҳаммад бин Салмон да қатнасыўы күтилмекте.
Кремль баспасөз хаткери Дмитрий Песков бул темада былай деген:
– Басшымыз АҚШ Президентин Москваға мирәт етти. Россия америкалы әмелдарларды тәреплер ушын әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, Украина менен келисим темасы бойынша қабыл етиўге таяр екенин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги