Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Нызам (ӨРҚ-1028-санлы, 12.02.2024ж) менен «Ипотека ҳаққында»ғы, «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы, «Төлемге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы нызамларға ипотека қатнасықларына электрон гиреў хатын енгизиўди, бундай гиреў менен тәмийинленген миннетлемелерин орынлаўды, ол бойынша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериўди ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы басқа механизмлерди белгилеўди, сондай-ақ, талап етиў ҳуқықлары ҳәм гиреў хатын тамамлаў массасына киргизилмейтуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Онда, «Ипотека ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшаға бола:
– Электрон гиреў хатына өзгерислер киргизиў гиреў хатының нызамлы ийеси ҳәм гиреўге қоятуғын тәрепинен электрон гиреў хатына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы келисим (қосымша келисим) түрин Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында толықтырыў арқалы әмелге асырылады;
-Электрон гиреў хатлары бойынша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў депо есап бетине тийисли жазыў киргизиў арқалы әмелге асырылады. Электрон гиреў хатына байланыслы ҳуқықлар алыўшының депо есап бетине тийисли жазыў киргизилген ўақыттан баслап оған өтеди ҳәм депо есап бетинен көширме менен тастыйықланады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА