Қытайдың Шэньчжэн қаласында футбол бойынша U-20 сайланды командалары арасында Азия чемпионаты басланды.

Чемпионаттың биринши турында Фарҳод Нишанов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы Йемен сайланды командасы футболшыларына қарсы ойынға түсип, өз қарсыласларын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ушырасыўдағы жеңис тобы 26-минутта сайланды командамыз сәрдары  Муҳаммадали Ўринбоев тәрепинен урылды.

Футбол жанкүйерлери ушын айтып өтиўимиз керек, бул ойында қарақалпақстанлы дәрўазаман Самандар Муратбаев ҳәм ярым қорғаўшы Муҳаммедали Реймовлар майданға түспеди.

Енди командамыз ағзалары өзиниң екинши ойынын 16-февраль күни индонезиялы футболшыларға қарсы өткереди.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы