Уллы мәмлекетлик ғайраткер, шайыр ҳәм илимпаз Заҳириддин Муҳаммед Бабур Қураны Кәримге ҳәм исламий илимлерге үлкен ҳүрмет пенен қатнаста болған.
Оның еки пәрманында 50 ден артық ояти карималар келтирилген болып, бул уллы шахстың терең билимли илимпаз ҳәм ағартыўшы инсан болғанын көрсетеди.
Парсы тилиндеги бул пәрманлар аўдармаланып, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фондының жәрдеминде басып шығарылған 6 томлық коллекциядан орын алған.
Бабур Мырза араб әлипбесин әпиўайыластырған ҳәм оны «Хатти Бабурий» деп атаған. Бул әлипбеде Қураны Кәримди көширтип, оны Мәкке қаласына жиберген. Хатти Бабурийда жазылған Қураны Кәримниң әййемги қолжазбасы ҳәзирги күнде Ирандағы Машҳад музейинде сақланбақта.
Бабур Мырзаның илимий жумысын үйрениўде жаңа имканиятларды ашатуғын бул теңсиз нусқа Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Қуран бөлими экспозициясынан орын алыўы нәзерде тутылған.
Н.Раҳмонова, ӨзА