Германия халықаралық шериклик жәмийетиниң (GIZ) тиккелей басламасы ҳәм жәрдеми тийкарында ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Казбек Артыков ҳәм Боянтамыр ҳәм басқа өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў шөлкемлери бирлеспесиниң баслығы Мурат Гаиповтың басшылығындағы қарақалпақстанлы бир топар исбилерменлер делегациясы Германияның Нюрнберг қаласында шөлкемлестирилип атырған «BIOFACH 2025» Халықаралық көргизбе-ярмаркасында қатнаспақта.
«BIOFACH 2025» дүньядағы ең ири азық-аўқат санааты ярмаркасы болып, усы жылдың 11-14-февраль күнлери аралығында болып өтеди ҳәм онда 2550 ден аслам тәбийий ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлери көргизбеге қойылмақта.
― Халықаралық бул илаж Европа базарлары менен жақыннан танысыўға ҳәм сырт елли мәмлекетлик уйымлар, бирлеспелер, мәмлекетлик емес шөлкемлер, жетекши ислеп шығарыўшылар менен өз-ара тәжирийбе алмасыўға имканият жаратады.
Илаж шеңберинде қарақалпақстанлы ўәкиллер сырт елли исбилерменлер менен бирге ислесиў ҳәм Қарақалпақстанда жетистирилген боянтамыр өнимлерин Германияға экспорт етиў бағдарында сөйлесиўлер алып бармақта,-дейди басқарма баслығы К.Артыков.
Илаж шеңбериндеги жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги