Төрткүл районы Әбиў Әлий ибн Сина жәмийетшилик медицина техникумында район прокуроры Н.Джоламановтың басламасы менен жас исбилерменлер ҳәм спортшы жаслар менен ушырасыў болып өтти, дейди Төрткүл районы мәлимлеме хызмети бөлими.

Ушырасыўда райондағы белсенди жаслардың өмирде өз орнын табыўында билим ҳәм умтылыс әҳмийетли екени айтып өтилди. Тәжирийбелери ҳәм пайдалы мәсләҳәтлери менен ортақласты. Бул район жасларын руўхландырды.

Сондай-ақ, «Жас китапхан» таңлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышында жоқары нәтийжелерди көрсеткен жаслар ҳәм олардың устазлары сыйлықланды.

Соның менен бирге, спорттың пара армрестлинг түринен Жәҳән Кубоги беллесиўинде жеңимпазлықты қолға киргизиген талантлы жаслар олардың устаз ҳәм тренерлерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға қызықлы сораўлар берилип, дурыс жуўап бергенлер китаплар менен хошаметленди.

Соң районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги