Өзбек әдебияты ҳәм мәденияты аўыр жоғалтыўға ушырады. Өзбекстан халық шайыры, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Энахан Сиддиқова 68 жасында қайтыс болды.

Энахан Сиддиқова 1954-жыл 28-августта Ферғана ўәлаятының Алтыариқ районында туўылды. 1976-жылы Ферғана мәмлекетлик педагогика институты (ҳәзирги Ферғана мәмлекетлик университети)ның филология факультетин тамамлады.

Мийнет жолын 1976-жылы муғаллимшиликтен баслап, Алтыариқ ҳәм Ферғана районларындағы мектеплерде өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, мектеп директоры болып иследи. Қатар жыллар Ферғана районы ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимликлеринде жуўаплы ўазыйпаларда ислеп, ҳаял-қызлардың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты социаллық қорғаў, бәркамал әўлад тәрбиясы жолында белсендилик көрсетти.

Соның менен бирге талантлы шайыр, жанкүйер жәмийетши сыпатында белгили болды. Оның көп жыллық дөретиўшилик излениўлериниң жемиси болған, ел-халқымызға, әзелий қәдириятларымызға меҳир ҳәм садықлық туйғысы шеберлик пенен жырланған «Қаракөз тырналар», «Кеўлим көк жийеги», «Сөз үстиндеги дүнья», «Қәдирли ҳаяллар», «Ана ҳаққында қосық», «Барханларда өнген гүл» сыяқлы онлаған шығармалары китапқумарлар қәлбинен мүнәсип орын ийеледи.

Энахан Сиддиқова 2001-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының Ферғана ўәлаяты бөлиминиң басшысы сыпатында қызғын мийнет етти. Ол ўәлаятта әдебият, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, орынларда илим ҳәм китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы халқымыздың мәнаўиятын жоқарылатыў бағдарында нәтийжели хызмет етти. Жүзлеген жасларға устазлық етип, олардың потенциалын жүзеге шығарыўда интакер болды.

Әсиресе, Ферғана ўәлаятында Өзбекстан Қаҳарманы, уллы өзбек шайыры Эркин Воҳидов атындағы дөретиўшилик мектебин шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын жолға қойыўда ҳақыйқый жанкүйерлик көрсетип хызмет етти.

Ол 2015-жылдан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыў, социаллық ҳәм руўхый раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға үлкен үлес қосты.

Энахан Сиддиқованың өзбек әдебияты ҳәм мәдениятын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан халық шайыры» ҳүрметли атағы, «Эл-юрт ҳурмати» ҳәм «Дўстлик» орденлери менен сыйлықланған еди.

Белгили дөретиўши, меҳрийбан устаз, кишипейил инсан Энахан Сиддиқованың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, С.Саидов, Х.Бозоров