Оқыўшы жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм олардың дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, «Миллий армиямыз -Жаңа Өзбекстанның беккем қалқаны!» сүрени астында  елимиз бойлап «Ўатансүйиўшилик»  айлығы болып өтпекте.

Усы айлық шеңберинде «Ватанпарвар» шѳлкеми Шымбай районлық оқыў спорт-техника клубында пневматикалық оқ атыў қуралынан «Мен жеңимпаз – Мен күшли»  атамасында жарыс болып ѳтти.

Жарысқа Кегейли, Шымбай, Қараѳзек районларынан командалар қатнасты.


 

Жарыс жуўмағында «Ватанпарвар» шѳлкеми Қараөзек районлық оқыў спорт-техника клубының ағзалары биринши, шымбайлы спортшылар екинши, кегейлишилер үшинши орынды ийелеўге миясар болып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
-Оқыў спорт-техника клубымызда оқыўшылар ушын жазғы биатлон, оқ атыў, кеме ҳәм автомодель дөгереклери ислеп тур,-дейди бизге  «Ватанпарвар» шѳлкеми Шымбай районлық оқыў спорт-техника клубы директорының орынбасары Қудайберген Шамуратов.-Соның менен бирге, клубымызда халық хожалығы ушын зәрүрли болған автомобиль ҳәм трактор басқарыўшыларын оқытып таярлаймыз. Өткен жылдың өзинде 150 ге шамалас «Жаслар дәптери»нде дизимде турған районымыз турғынлары Жаслар ислери агентлиги, район ҳәкимлиги ҳәм клубымыз жәрдеминде оқытылып, олар арнаўлы қәнигеликлерге ийе болды. Алдағы ўақытлары жумысларымызды еле де жеделлестирип, сабақларымызға жаңа инновациялық педтехнологияларды енгизиўге ҳәрекет етемиз. Бул болса, сабақ ҳәм дөгереклеримиздиң жумыс нәтийжелилигиниң артыўына тийкар жаратады, деп ойлайман.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы