“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлимлери тәрепинен Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен орынларда қайырқомлық илажлары өткерилмекте.

Елимизде майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, кейинги жыллары Президентимиз тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар майыплығы болған шахслар дус келип атырған машқалаларды шешиў, олардың абырайы, ҳуқықын қорғаў, турмыс шараятын жақсылаў, жәмийет турмысындағы белсене қатнасын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен 2022-жыл 30 ноябрьден 30 –декабрьге шекем “Мийрим-шәпәәт айлығы” өткерилди. Усы ийгиликли ислерди даўам еттирген ҳалда “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлимлери тәрепинен Нөкис қаласындағы имканыяты шекленген, айрықша жәрдемге мүтәж пуқаралардың кеўиллерин көтериў мақсетинде шаңарақларында болып, оларды байрам менен қутлықлады. Оларға “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен азық-аўқат өнимлери ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги