Қазақстанның Алматы қаласында шахматтың рапид ҳәм блиц түри бойынша жәҳән чемпионатында екинши күнги жарыслары басланып кетти.
Бүгин рапид бойынша 4 тур өткерилиўи режелестирилип, бираз алдын усы партиялардың дәслепкиси өз жуўмағына жетти. Онда өзбекстанлы шахматшылар арасында ең жақсы нәтийжеге ерисип турған әмелдеги жәҳән чемпионы Нодирбек Абдусатторов 6-турда чемпионаттағы тийкарғы қарсыласларынан бири польшалы Ян Дуданы 1-0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, Нодирбек Якуббоев франциялы Максим Ваше-Лаграв, Ҳумоюн Бегмуратов косовалы Ндерим Сарачи, Нафиса Мўминова FIDE ўәкили Полина Шувалова менен теңбе-тең ойнаған болса, Шамсиддин Воҳидов армениялы Тигран Петросянға, Жаҳонгир Воҳидов италиялы Сабино Брунеллоға, Афруза Ҳамдамова польшалы Александра Мальцевскаяға 0-1 есабында жеңилип қалды.
Сондай-ақ, бул турда Жавоҳир Синдаров, Умида Омонова, Муҳиддин Мадаминов, Муҳаммадзоҳид Суяровлар өз қарсыласларын жеңип шығып, өз есабына 1 упай жаздырып қойды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы