Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисте Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Г.Ерниязованың район аймағындағы 6 жасқа шекемги балаларды билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў көрсеткиши ҳәм мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң 2022-оқыў жылы даўамында алып барған жумыслары бойынша есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, 2022-жыл декабрь жағдайына аймақтағы 3-7 жастағы балалардың саны 5387 ге жеткен. Соннан, райондағы жәми 58 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 3769 бала қамтып алынған.
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәлим-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў мақсетинде миллий, руўхый, мәдений қәдириятларымызды сәўлелендириўши ҳәр қыйлы китаплар, оқыў-методикалық, дидактикалық материаллар ҳәм олардың ҳәр тәреплеме жетик раўажланыўы ушын көркем әдебиялар ҳәм ойыншақлар менен тәмийинленген.
Балаларды ҳәр тәреплеме интелектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажландырыўдың заманагөй билимлендириў бағдарламаларын ҳәм технологияларын тәлим-тәрбия процесине енгизиў, оларды мектепке таярлаў бойынша үзликсиз жумыс алып барылмақта.
Мәжилисте депутатлар күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли тараў ўәкилиниң есабаты бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги