Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде депутатлар «Жол ҳәрекети ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья додаламақта.
Бул нызам жойбарында бир қатар жаңалықлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, жойбарда жол ҳәрекетин шөлкемлестириўге қол қойылатуғын улыўмалық талаплар, жол ҳәрекетин шөлкемлестириў нәтийжелилигин тәмийинлеў илажлары, жол ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң тийкарғы көрсеткишлерине ҳәм техникалық қуралларға анықлық киргизилген.
Соның менен бирге, жолларда транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеў ямаса қадаған етиў, тоқтап турыў орынларына қойылатуғын талаплар, төлемли тоқтап турыў орынларынан пайдаланғаны ушын төлем өндирилмейтуғын шахслар белгиленип алынбақта.
Нызам жойбарын статьяма-статья додалаў даўамында депутатлар Абдумалик Акромов ҳәм Дониёр Ғаниев жойбардың 4-статьясында жол ийеси сыпатында кәрхана ҳәм шөлкемлер, юридикалық тәреплер менен бирге физикалық тәреплер де көрсетилип атырғанына қарсылық билдирди. Олардың пикиринше, физикалық тәреп жолға ийелик етиўи мүмкин емес.
Оған жуўап ретинде Ишки ислер министрлигиниң ўәкиллери ҳәм жуўапкер комитет депутатлары жол ийеси түсиниги нызамда биринши мәрте қолланып атырғанын атап өтип, бел келешекте төлемли жоллар көбейиўи де инабатқа алынған ҳалда киргизилгенин билдирди.
Сондай-ақ, айырым таўлы ямаса шөл аймақларындағы жоллар менен көпирлерди оңлаўда сақаўатлы инсанлар өзиниң басламасы менен шығып, оңлаўы ямаса жол қурыўы мүмкин екенлиги де итибарға алынғаны мәлим етилди. Әлбетте, физикалық тәреп де жол ийеси болыўы мүмкин ҳәм жуўапкершиликти өз мойнына алыўы жоллардың жақсыланыўына себеп болады.
М.Комилова,
ӨзА