Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде Президентимиздиң парламентке ҳәм халқымызға Мүрәжаты сенаторлар дыққат орайында болды.

Сенат баслығы Танзила Норбоева бағдарламалық ҳүжжетте көтерилген ҳәр бир мәселе парламент жумысы менен тығыз байланыслы екенин атап өтти. Неге дегенде, барлық тараўларда нызам үстинлигине ерисиў қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң орынларда сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша парламент тәрепинен нәтийжели қадағалаў орнатыў, олардың толық орынланыўына ерисиў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири.

– Ҳәзирги ўақытта Ҳүкимет ҳәм оның қурамындағы барлық министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер Мүрәжаттан келип шығатуғын ўазыйпалар тийкарында Мәмлекетлик бағдарлама үстинде жумыс алып бармақта, -деди Т.Норбоева. – Оны ислеп шығыўда Ҳүкимет пенен бирге ислесиўде жумыс алып барып атырмыз. Бул процесс бағдарламаның орынланыўын қадағалаўымызда жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысының ҳәкимшилик реформаларға қаратылған пәрман ҳәм қарары жәрияланды. Бул Сенаттың Ҳүкимет пенен ислесиўинде жаңаша қатнасты талап етеди. Комитетлер өз жумысы бағдарында бирге ислесиўши тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен өз-ара байланысыў ҳәм бирге ислесиў усылларын қайтадан көрип шығады.

Онда аймақларды аламыз ба, министрлик ямаса уйымды ма, олардың жумысын үйрнениў ҳәм кемшиликлерди анықлаў менен шекленбеў керек. Парламенттиң тийкарғы мақсети, ҳәкимиятлардың өз-ара тийип турыўы балансын сақлаған ҳалда, халықтың мәпин тәмийинлеў жолында ҳәкимият буўынлары арасынлағы бирге ислесиўди орнатыўдан ибарат екенлиги атап өтилди.

Парламент жумысының мәнис-мазмунына бола нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўге, атқарыў ҳәкимияты үстинен парламентлик қадағалаўды орнатыўға қаратылған.

– Бул орынла өз ўәкиллик ҳәм имканиятларымыздан нәтийжели пайдаланған ҳалда, министрлик, уйым ҳәм аймақлар басшыларының есабат ҳәм мәлимлемелерин тыңлаў мәселесине түп-тийкарынан жаңаша қатнаста болыўымыз талап етиледи,-деди Сенат баслығы.

Н.Абдураимова,  

ӨзА