Өзбекстанда өткир респиратор кеселликлерге шалынған 21 баланың 18 и «Док-1 МАКС» сиробын ишиўи нәтийжесинде қайтыс болды. Бул ҳаққында ДСМ хабар бермекте.
Министрлик жумысшы топарының жуўмағына бола, өлимшилик жағдайы анықланған балалар стационар емлениўге келемен дегенше бул препаратты үй шараятында басқа дәрилер менен бирге, 2-7 күн даўамында, күнинен 3-4 мезгил 2,5-5 миллилитрге шекем қабыл еткен. Бул балаға нормасынан артық муғдар болып есапланады.
Анықланыўынша, барлық балаларға препарат шыпакерлер рецептисиз берилген. Дәри қуралының қурамындағы тийкарғы элемент парацетамол болғаны ушын «Док-1 МАКС» сиробы ата-аналар тәрепинен еркин ямаса дәрихана сатыўшыларының усынысы менен аязлаўға қарсы қурал сыпатында надурыс қолланылған. Бул болса наўқаслардың жағдайының және де аўырласыўына себеп болған.
Парацетамол тек ғана дене температурасы 38-38,5 дәрежеден жоқары болғанда ғана күнине 1 ямаса 2 мәрте 1 жасқа шекемги балаға 100-125 миллиграмм, 1 жастан 3 жасқа шекем 200 миллиграмм, 3 жастан 5 жасқа шекемги балаларға болса 250 миллиграмм дозада берилиўи керек. Дене температурасы нормада болғанда бул дәри қуралын пайдаланыў қатаң қадаған етиледи.
Буннан тысқары, алып барылған дәслепки лабораториялық үйрениўлер «Док-1 МАКС» сиробының усы сериясының қурамында этиленгликоль бар екенлигин де көрсетти. Бул элемент зыянлы болып, шама менен 1-2 мл/кг 95 процент концентрланған еритпеси наўқастың саламатлығында аўыр өзгерислерди, яғный қусыў, есинен таныў, тутқанақ, жүрек-қан тамыр системасындағы машқалалар ҳәм өткир бүйрек жетиспеўшилигин келтирип шығарады.
Министрлик жумысшы топарының үйрениўи даўамында анықланған барлық нызам бузылыў жағдайлары итибарға алынып, хызмет ўазыйпасына итибарсыз мүнәсибетте болғаны, балалар өлимшилиги анализин өз ўақтында жүргизбегени ҳәм керекли илажларды көрмегени ушын 7 жуўапкер хызметкер ийелеп турған лаўазымынан босатылды ҳәм бир қатар қәнигелерге интизамий жазалаў илажлары қолланылды.
Топланған барлық ҳүжжетлер ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилди.
Ҳәзирги ўақытта «Док-1 МАКС» таблетка ҳәм сироп дәри қураллары Өзбекстандағы барлық дәриханалар саўдасынан орнатылған тәртипте қайтарып алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги