Сенат жалпы мәжилисинде киятырған жыл елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп жәрияланыўы бийкарға емес екенине итибар берилди.
Сенат баслығы Танзила Норбоеваның атап өтиўинше, инсан қәдири ҳәм инсанға итибар мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланды, десек қәте болмайды. Бул сиясат кейин де избе-из даўам еттириледи.
Сенат тәрепинен өткен жыллары әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиў жағдайын комитетлер тәрепинен мониторинг етиў ҳәм ҳүкиметке усыныс киргизиў бойынша унамлы әмелият жолға қойылды.
– Бул әмелиятты енди және де күшейтиў ҳәм жаңа сапа басқышына алып шығыўымыз керек,-деди Т.Норбоева. – Себеби Министрлер Кабинетине усыныс киргизилгеннен соң, ашығы, оның кейинги тәғдири ҳүкиметтиң өзине таслап қойылмақта. Ҳәр бир ислеп шығылған усыныс бойынша барлық басқышларда атқарыў ҳәкимияты менен тиккелей бирге ислесиў зәрүр.
Бул бағдардың нәтийжесин анық мысаллар менен айтса болады. Мысалы ушын, Сенат комитетлери тәрепинен 50 ден артық нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў бойынша ҳүкиметке усыныслар киргизилген. Нәтийжесинде әмелдеги ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша 7 нызам жойбары ислеп шығылды (4 еўи жаңа редакцияда). Ҳәзирги күнде 13 нызам жойбары ислеп шығылып, келисим процесинде.
Келеси жылы әмелге асырылатуғын жумыслар қамтып алынатуғын мәмлекетлик бағдарламасының орынланыў процесинде бул жумыс избе-из даўам еттириледи. Жәмийетте ушырасатуғын машқалалар бойынша ҳүкиметке ҳәм басқа да уйымларға киргизилетуғын усыныс ҳәм парламент сораўларының нәтийжелери әмелий болыўы турақлы тәртибинде болады.
Н.Абдураимова
ӨзА