Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм «Нураный» қоры тәрепинен жаңа жыл алдынан республикамыздағы бир топар белсенди нураныйлардың Ташкент қаласына бир күнлик саяхаты шөлкемлестирилди.

Саяхатшыларды Ташкент темир жол вокзалында туристлик фирма хызметкерлери жыллы жүзлилик пенен күтип алып, нураныйларға ҳүрмет көрсетилди.

Нураныйлар саяхатын Алмазар районындағы Ҳәзирети Имам  мешитинен баслады. Ол жерде намаз оқылып, халқымыздың тынышлығы, аманлығы, абаданлығын тилеп, дуўа оқылды.

Соң қаладағы «Жеңис бағы» тамашаланып, ол жердеги музей ҳәм әжайып экспонатлар менен танысты. Қаладағы «Магик сити», «Ташкент сити»ди, әтирапындағы жаңа қурылысларды көрди. Заманагөй имаратларды тамашалап, жаңа өзгерислердиң гүўасы болды. Қаладағы Жаңа жыл шыршасын айланып, сүўретке түсти.









– Мен Бозатаў районынан келип өзим қатарлы нураныйлар  менен бирге Ташкент қаласына саяхат еттим. Жаңа жыл алдынан шөлкемлестирилген бул саяхат оғада қызықлы ҳәм мазмунлы өтти. Саяхатта нураныйлардың кеўил-кейпиятлары әдеўир көтерилип қалды,-дейди Қәлбийке Узақбергенова. – Бул ушын усы саяхатты шөлкемлестириўшилерден миннетдармыз.
Нураныйлар пайызлы орынларда дем алып, дастурхан әтирапында, бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, жаслар тәрбиясы, мәҳәллелердеги аўызбиршиликти тәмийинлеў, абаданластырыў, пуқаралардың машқалаларын шешиў мәселелери бойынша пикир алысты. Усы мәселелерде пуқаралар жыйынлары хызметкерлерине қол-көмек болып, әмелге асырып атырған жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, тәжирийбе алмасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги