Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басламасы менен өткерилген ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян да қатнасты.


Усы жылдағы бирге ислесиў жуўмақлары есап-санақ етилип, болажақ 2023-жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди үш бағдарда: сиясат ҳәм қәўипсизлик бағдарында, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда раўажландырмақта.

ҒМДА кеңислигинде толық еркин саўда аймағын қәлиплестириў ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў тийкарғы ўазыйпалар болып есапланады.

Санаат кооперациясын тереңлестириў, азық-аўқат, энергетикалық ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге  қаратылған миллий бағдарлама ҳәм стратегияларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.


Кейинги жыллары Өзбекстан Дослық Аўқамының жумысындағы қатнасыўын жеделлестирди, 40 тан аслам көп тәреплеме келисимлерге қол қойылды ҳәм ҒМДАның 23 тармақ уйымларына қосылды.

2022-жылы Өзбекстанның Дослық Аўқамының мәмлекетлери менен товар алмасыўының үштен бир үлеске артты, 1 мыңнан аслам қоспа кәрханалар шөлкемлестирилди.




ӨзА