Самарқанд қаласында «Док-1 Макс» таблетка ҳәм сироп дәри қураллары ақыбетинде унамсыз тәсирлер бақланғаны гүманланған наўқаслар жағдайы бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы жумысшы топары ўәлаятта үйрениў алып бармақта.
Оның қурамына министрлик, Республикалық суд-медициналық энспертиза илимий-әмелий орайының хызметкерлери, балалар нефрологи, педиатр сыяқлы маман қәнигелер киргизилди. Олар ҳәр бир гүманланған наўқас бала анамнези бойынша терең анализ өткермекте. Жуўмақлаўшы нәтийжелер ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи, делинеди Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий билдириўинде.
ӨзА