Ташкент қаласындағы Универсал спорт сарайында миллий гүрес бойынша ҳәўескер спортшылар арасында «өзбек палўаны» ҳәм «прокурор палўаны» жарысларының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Елимиздиң барлық аймақларынан гүреске қызығыўшы ҳәўескер ер ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.

«Өзбек палўаны» бойынша өткерилген жарысқа республикамыздан 8 спортшы қатнасты ҳәм олар арасында 63 кг салмақта нөкисли Алтынгүл Утениязова, 90 кг салмақта мойнақлы Руслан Рейпназаровлар 3-орынды ийелеўге миясар болды.


Ал, «Прокурор палўаны» жарысында болса, 63 кг салмақта Камила Сапарбаева ҳәм 73 кг салмақта Нурлан Жолдасбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды қолға киргизиўге еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз спортшылар дәрежели медаль, диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Бул спортшыларды жарысқа белгили тренер Жамшид Турабаев таярлады.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы