Жақында судланыўшы А.Қ тәрепинен берилген шағым арзаға муўапық, Жынаят ислери бойынша Нөкис калалық судының 2022-жыл 17-июнь күнги ҳүкими ашық суд мәжилисинде көрип шығылып, Қарақалпақстан Республикасы суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы аппелляциялық инстанциясының шешими қабыл етилди.
Яғный, Жынаят ислери бойынша Нөкис калалық судының усы ҳүкимине бола, алдын «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ директоры лаўазымында жумыс ислеген А.Қ., ӨзР ЖК ның 205–статьясы 2-бөлими «а» бәнти, 238-статьясы 2-бөлими ҳәм 209-статьясы 1-бөлими менен айыплы, деп табылған. Тайынланған жазалар Жынаят кодексиниң 59-статьясы тәртибинде бир бөлегин қосыў жолы менен үзил-кесил 2 жыл мүддетке мәмлекетлик уйымларда, мәмлекет қатнасындағы хожалық жүргизиўши субъектлерде, мәмлекетлик үлеси бар акционерлик ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерде, мәкемелерде, шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў ҳәм материаллық жуўапкершилик жүкленген басшы лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, 3 жыл 6 ай мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланған.
А.Қ. жәмийеттиң бас есапшысы З.Қ. қатнасыўында, «Өзсуўтәмийнат» АЖ ның тийисли рухсатын алмай турып, 2020-жылы 9-сентябрь күни «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ ның 51 процентлик үлеси менен Хожели районында «Эко суў» ЖШЖ ны шөлкемлестирип, жәмийеттиң устав фондын 10 миллион сум етип белгилеген. «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ уставы талапларын қопал түрде бузып, «Өзсуўтәмийнат» АЖ дан рухсат алмастан, ҳеш қандай нызамлы тийкарға ийе болмай турып, 2020-жылы 10-сентябрь күни «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ ның есап бетинен 300 миллион сумлық қаржыны, жәмийеттиң бас есапшысы арқалы «Эко суў» ЖШЖ ның есап бетине «устав фондын қәлиплестириў» нықабы астында өткерип алған.
Сондай-ақ, ол өз жынаятын жасырыў, оны нызамлы түрге енгизиў ҳәм жуўапкершиликтен қутылып қалыў мақсетинде, пул өткенине бир жылдан аслам ўақыт өткен болса да, 2021-жыл август айында 300 миллион сум қаржы өткериў ҳаққындағы мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен мақулланған сыпатында өткерилген, бирақ, шынында болмаған 2020-жыл 20-августтағы қәлбеки мәжилис протоколын таярлаған. Сондай-ақ, «Эко суў» ЖШЖ ны шөлкемлестириў ҳәм бас есапшысына оның устав фонды ушын 300 миллион сум қаржыны өткериў ўазыйпасы жүкленген буйрықты арқа сәне менен таярлатқан.
Буннан басқа, ол «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ да прокуратура жанындағы департамент тәрепинен тексериў басланғанда, орынбасарларын, юридикалық бөлими баслығын өз кабинетине шақырып алып, қаржы өткериў ҳаққындағы жуўапкер хызметкерлердиң қатнасыўында мәжилис өткерилгенин ҳәм бул бойынша буйрық шығарылғанын айтып жалған көрсетпе бериўге мәжбүрлеп, дәслепки тергеўге жалған көрсетпе берилиўине ерискен.
Суд коллегиясы ис бойынша басшылық етиўшиниң баянатын, прокурор, қорғаўшы адвокатлар ҳәм судланыўшының арзасын қанаатландырыўды сораған пикирлерди тыңлап, ис материалларын арза ўәжлери менен қосып тексерип, оларға баҳа берип, суд ҳүкимин өзгериссиз қалдырыўды зәрүр деп тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги