Ҳәр жылы 22-декабрьде ең узақ түн, ең қысқа күн болады. Бул сәнеде ана жеримизди ең көп энергия менен тәмийинлейтуғын қуяшымыз бизге ең аз муғдардағы жақтылығы менен энергиясын береди. Сонлықтан, 1980-жылдан баслап энергияның жумсалыўы ең көп болатуғын бул күн дүньяда энергетиклердиң кәсиплик байрамы сыпатында белгиленбекте.

22-декабрь – Энергетиклер күни мүнәсибети менен Қоңырат регионаллық темир жол узели унитар кәрханасына қараслы Қоңырат электр тәмийнат аралығы кәрханасында илаж шөлкемлестирилди.

Илажға тийисли тараў басшылары, қәнигелери, районлық Кеңес депутатлары қатнасты.

Атап өтилгениндей, электр энергетикасы тараўы жәмийетлик турмыста әҳмийетли саналған таяныш тараўлардың бири болып есапланады. Елимиздиң турақлы раўажланыўы, тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжели болыўында электр энергиясы тараўының да үлеси үлкен болмақта. Сонлықтан да, мәмлекетимизде соңғы жылларда басқа тараўлар қатарында электр энергиясы тараўына да үлкен итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатындағы 6 әҳмийетли бағдардың бесинши бағдары тиккелей электр энергиясы менен байланыслы. Себеби, елимизде халық санының, кәрханалардың көбейиўи электр энергиясына болған талапты күшейтпекте. Сонлықтан да, мүрәжатта усы мәселелерди шешиўге бағдарланған ўазыйпалар белгиленди.

Илаж даўамында Арал бойы регионында энергетика тараўында жумыс ислеп атырған пидайы тараў ўәкиллерине кәсиплик байрам мүнәсибети менен илаж шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги