Инфляция ҳәм баҳалардың өсиўи Британияның жәмийетлик турмысына унамсыз тәсирин тийгизип атыр. Reuters агентлигиниң хабар бериўинше, Уллы Британия қаржы министри Жереми Хант оны мойнына алды.

«Билемен, ҳәзир көпшиликке аўыр, бирақ қатаң қарарлар қабыл етиўимиз шәрт. Олар «биринши санлы душпанымыз» – ҳәммени кәмбағал ететуғын инфляцияға қарсы гүресиў ушын керек. Егер ҳәзир надурыс таңлаў етсек, жоқары баҳалар сақланып қалады, миллионлаған халық қыйналыўда даўам етеди»,-деди ол.

Қаржы министри экономикалық жағдай себепли қыйын жағдайға түсип қалған шаңарақлар ҳәм исбилерменлер қыйналып атырған қыйыншылықлардан хабардар екенин мәлим еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги