Нызамшылыққа муўапық, неке жасы ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын 18 жас етип белгиленеди.
Кеширимли себеплер болғанда, айырым жағдайларда (ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, жас өспиримниң толық қарым-қатнасқа уқыплы деп жәрияланыўы), некеге кирисиўди қәлейтуғынлардың сораўына бола тийисли район, қала ҳәкими неке жасын көби менен 1 жылға азайтыўы мүмкин.
Неке жасы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў ҳәкимшилик жуўапкерликке себеп болады.
Атап айтқанда:
неке жасына жетпеген адам менен ҳақыйқатында да неке қатнасына кирисиў 1,5 миллион сумнан 3 миллион сумға шекем;
ата-ана ямаса олардың орнын басатуғын адамлар тәрепинен неке жасына жетпеген адамды турмысқа бериў ямаса үйлендириў 2,1 миллион сумнан 4,5 миллион сумға шекем;
неке жасына жетпеген адам менен неке қыйыўға тийисли диний мәресимди әмелге асырыў 3 миллион сумнан 6 миллион сумға шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Бул ҳуқықбузарлықларды ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин тәкирарлаў жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги