АҚШтың Вашингтон қаласында Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында Стратегиялық бирге ислесиў сөйлесиўиниң екинши мәжилиси болып өтти.
Илаж шеңберинде Өзбекстан әдиллик министри Акбар Тошқулов АҚШтың «Инсаныйлық нормалары» мәселелерине бағышланған төртинши сессиясына басшылық етти.
Онда Өзбекстанда демократиялық институтларды беккемлеў ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған реформалар, сөз еркинлигин қорғаў ҳәм пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў, диний еркинлик тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында сөз болды.
Мийнет ҳуқықлары ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў, гендер теңликти тәмийинлеў, майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў тараўындағы бирге ислесиў, жазаны орынлаў орынларындағы шараятлар мәселелери додаланды.
Америка тәрепи мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы шеңберинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Атап айтқанда, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаў бағдарында сондай-ақ, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық миннетлемелерди орынлаўда үлкен жетискенликлерге ерисилди. Бул бағдарларда және де нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў тәрепдары екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан ўәкиллери тәрепинен илаж күн тәртибиндеги темалары шеңберинде келешектеги бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм даўам еттириў мақсетинде анық ҳәм конструктивлик усыныслар алға қойылды.
Әдиллик министри Өзбекстан делегациясы қурамында бир қатар биргеликтеги илажларда, атап айтқанда, АҚШ мәмлекетлик хаткери Э.Блинкен, АҚШ Конгресси ағзалары ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) басшылары менен ушырасыўларда да қатнасты.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨЗАның хабаршысы