Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде майыплығы болған студентлер ушын «Мениң ҳуқықларым» атамасында семинар өткерилди.

Илажда «Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы», Гереңлер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимлери, Өзбекстан Арнаўлы олимпия жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы социаллық-медициналық хызметлерди раўажландырыў басқармасы ҳәм бир қатар министрликлер, шөлкемлер менен уйымлардың басшылары, жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен «Майыпларды социаллық қоллап-қуўатлаў айлығы» жәрияланған еди. Айлық шеңберинде бир қатар ушырасыўлар, семинарлар, концерт бағдарламалары, таңлаўлар өткерилмекте.

– Оқыў орынларында оқыйтуғын, үй шараятында билим алып атырған майыплығы болған жасларымыздың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде университеттеги «Юридикалық клиника» менен бирге ислесиўди жолға қоймақшымыз. Ондағы қәниге жаслар келешекте майыплығы болған адамларға жәрдем береди, – дейди Өзбекстан Арнаўлы олимпия жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Гүлшад Турсымуратова. -Оларды тек ҳуқықый бағдарда қоллап-қуўатлап қоймастан,  мәдений, спорт илажларына тартыў арқалы ҳәмме менен теңдей қәдем таслаўына жәрдем бериўди нийет етип отырмыз. Мысалы, 15-декабрь күни «Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир бала итибарда», «Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман» атамаларында қайыр-сақаўат концертлерин өткериў режелестирилген.

Семинарда сырт еллерде имканияты шекленген пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен Өзбекстанда бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кеңнен түсиник берилди.




– Бүгинги күнде университетимизде 27 мыңнан аслам студент болатуғын болса, соның 300 ден асламы имканияты шекленген пуқаралар болып табылады,-дейди университеттиң Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қутлыбай Бекназаров. –Оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олар ушын және де көбирек имканиятлар, шараятлар жаратыў, ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Бизлер тек майыплар күнинде ғана емес, жыл даўамында олардың қатнасыўында таңлаўлар шөлкемлестирип, оларды материаллық ҳәм руўхый  жақтан қоллап-қуўатлап келмектемиз. Университетимиздиң юридика факультетинде «Юридикалық клиника» шөлкемлестирилген болып, ол жерде майыплығы болған студентлер өзлериниң ҳуқықлары ҳаққында мағлыўматлар алыўы мүмкин.

Семинар соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги