Түркия суды Стамбул ҳәкими Экрем Имамоғулди 2 жыл 7 ай мүддетке еркинен айырды.

NTV телеканалының хабар бериўинше, Имамоғлу Түркия Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларын кемситкенликте айыпланған.

2019-жылы Стамбул қаласы ҳәкимлиги ушын болып өткен сайлаўда Экрем Имамоғлу тийкарғы қарсыласы – Түркия әдиллик ҳәм раўажланыў партиясының ўәкили Бинали Йилдирим үстинен жеңиске ерискен.

2023-жылы Түркияда президентлик сайлаў болып өтеди, онда Имамоғлу әмелдеги мәмлекет басшысы Режеп Таййип Эрдоғанға қарсылас болыўы күтилип атырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги