Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасында Стратегиялық шериклик сөйлесиўиниӊ екинши мәжилиси болып өтти.
Илаж жуўмағы бойынша биргеликтеги билдириў берилди. Оған бола: “АҚШ Өзбекстанның жаңа саўда жолларын ашыў, импорт ҳәм экспорт базарларын диверсификациялаў, регионаллық байланысларды беккемлеў, метан эмиссиясын азайтыў бойынша глобал миннетлемесин ҳәм климат апатшылығына қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерин және мәмлекеттиң экономикалық реформаларды жолға қойыў, соныӊ ишинде, ҳаял-қызлар ушын экономикалық имканиятларды кеңейтиўге садықлығын қоллап-қуўатлады. Қурама Штатлар бул ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўға тайын екенин жәриялады”.
Қарақалпақстан хабар агентлиги