Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен “Даўыт-ата” шегара бажыхана постында қоңсылас Қазақстан Республикасынан кирип киятырған “MAN” маркалы жүк автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилди.
Нәтийжеде, автранспорт қуралы салоныныӊ арқа тәрепине жасырылған 68 дана жәми салмағы 674,8 граммға тең болған зергерлик буйымлары бар екени анықланди. Бул зергерлик буйымлары баҳалы металлардан исленген болып, дәслепки мағлыўматқа бола олардың қуны 337, 4 миллион сумга тең болды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хабар бермекте.
Бул жағдай бойынша бажыхана шөлкемлери тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги