Қазақстан, Россия ҳәм Өзбекстан газтранспорт системасының техникалық имканиятларын додаламақта, газ аўқамын шөлкемлестириў бойынша гәп болғаны жоқ, деп баянат берди Қазақстан энергетика министри Болат Акчулаков.

«Негизинде газ аўқамын қурыў додаланбады. Барлық додалаўлар еки тәреплеме бирге ислесиў форматында алып барылды, дейик, Қазақстан РФ менен, Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында. Үш тәреплеме форматта додаланғаны жоқ, биз өзимиздиң газтранспорты системаларымыздың техникалық имканиятларын додаламақтамыз»,-деген ҳүкиметтиң кеңейтилген мәжилисинде журналистлер менен болып өткен ушырасыўда, деп жазбақта РИА Новости.

Министрдиң қосымша етиўинше, газ тараўындағы бирге ислесиў мәселелери үш тәрептиң де келисимин талап етеди. «Бул әмелий мәселелер, соның ушын қандайда бир аўқам шөлкемлестириў ҳаққындағы гәп-сөзлер улыўма болғаны жоқ»,-деп қосымша еткен министр, делинеди хабарда.

ӨзА