Қараөзек районы орайындағы «Дем алыў бағы»на байрамға сай безетилген жаңа жыл шыршасы майданшасында таза жылға арналған салтанатлы кеше болып өтти.
Оған район басшылары, нураныйлар, балалар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм басқалар аймақ балаларын жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз Президентиниң балаларға деген итибары ҳәм ғамқорлықларын айрықша атап өтти ҳәм жасларымыз турмысында жүз берип атырған үлкен жаңаланыўлар, жетискенликлерди усындай қоллап-қуўатлаўдың жемиси екенлигин атап өтти.
Буннан соң Президентимиз тәрепинен социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын жиберилген жаңа жыл саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Бул саўғалар оларды үлкен қуўанышқа бөлеп, кеше районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы