Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни Венгрияның ең ири «ОТР» банки басқармасының баслығы Шандор Чаньиди қабыл етти.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерге муўапық Венгрия компаниялары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў және қоспа кооперациялық жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Шандор Чаньиди «Ипотека-банк» акционерлериниң мәмлекетлик үлесин сатып алыў бойынша келисим табыслы жуўмақланғаны ҳәм Европаның жетекши банк-финанс институты Өзбекстанның базарына кирип келгени менен шын жүректен қутлықлады.

Ушырасыўда Өзбекстан экономикасының ҳәр түрли тармақларында, соның ишинде, санаат, аўыл хожалығы, бағшылық ҳәм қусшылық, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға Венгрия ҳәм Евроаўқамның басқа да мәмлекетлеринен тиккелей инвестицияларды тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, жоқары билимлендириў ҳәм профессионал кадрларды таярлаўда, сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған банк хызметлериниң сапасын арттырыўда тығыз бирге ислесиў зәрүрлиги атап өтилди.

Қоспа жойбарлар ҳәм бирге ислесиў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыўға байланыслы биринши гезектеги илажлардан ибарат «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жанында «ОТР» банки тәрепинен «Ипотека-банк» акционерлериниң мәмлекетлик үлесин сатып алыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.


ӨзА